Қол қойыў мәресиминде Халықаралық бирге ислесиў бойынша Европа комиссары Жозеф Сикела, ЕТРБ президенти Одил Рено-Бассо, ЕТРБ ҳәм Италияның "Cassa Depositi e Prestiti" қаржы институтының ўәкиллери қатнасты.
Мағлыўмат ушын: жойбар көлеми 5,4 млрд куб метр суў сақлағыш ҳәм қуўатлылығы 1860 МВт болған гидроэлектр станциясын қурыўды нәзерде тутады. Жойбардың әмелге асырылыўы турақлы энергия дерегин жаратып, экономикалық раўажланыўға хызмет етеди.
Форум шеңберинде Германия халықаралық бирге ислесиў жәмийети (GIZ) тәрепинен шөлкемлестирилген Орайлық Азияда шериклик сөйлесиўи де болып өтти. Онда Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан энергетика министрликлериниң ўәкиллери қатнасты.
Буннан тысқары, халықаралық финанс институтлары ҳәм қоңсы мәмлекетлердиң тийисли министрликлери қатнасыўында Европа Аўқамының "Орайлық Азияда гидроэнергетика потенциалын арттырыў" темасындағы сессиясы болып өтти.
Сессияда ири трансшегаралық гидроенергетика жойбарлары - Роғун ҳәм Қамбарата ГЭСлериниң әҳмийети атап өтилди. Оларды әмелге асырыўда қаржы шөлкемлериниң роли, сондай-ақ, бундай басламалардың регионның энергетикалық қәўипсизлиги, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм аграр секторды турақлы раўажландырыўдағы әҳмийети атап өтилди.








