Әййемги Қанқа қаласының қубла дәрўазасынан 60 метрдей аралықта жайласқан үлкен кәрўансарай аймағынан әййемги сүўретлер табылған. Майданы шама менен 100×70 метр болған комплекс архитектуралық саўлаты менен ажыралып турады.
Кәрўан сарай бөлмелериниң биринде 25×30, 15×20 ҳәм 30×35 сантиметр өлшемдеги фреска бөлеклери табылды. Табылмалар имараттың ханалары дийўалға салынған сүўретлер менен безетилгенин тастыйықлайды. Бул араблар басқыншылығы дәўиринде жоғалып кеткен фреска көркем өнериниң Х-XI әсирлерде Ташкент үлкесинде қайта тикленгенинен дерек береди.
Археологлардың мағлыўматларына қараганда, бундай сүўретлер алдын Самарқанд ҳәм Ахсикентте де жазылған. Оларды Мәдений мийрас агентлигиниң Самарқанд археология институты қәнигелери үйренбекте. Изертлеўшилердиң атап өтиўинше, табылмалар Ташкент қаласында өзине тән дийўал сүўретшилиги мектеби болғанынан дерек береди.
Буннан алдын, 2023-жылы Қанқа аймағындағы қазыў жумыслары даўамында V-VII әсирлерге тийисли фрескалар табылған еди.
Жаңа ашылыў Орта Азия мәдений турмысын үйрениў ҳәм орта әсирлер сүўретлеў өнериниң раўажланыўында, Ташкент ўәлаяты тарийхын тереңирек үйрениўде үлкен әҳмийетке ийе.








