Онда атап өтилиўинше, усы жылы тийисли бағдарламалар ҳәм халықаралық қаржылар есабынан билимлендириў шөлкемлериниң 832 объектинде қурылыс-оңлаў жумысларын әмелге асырыў режелестирилген.

Бүгинги күнге шекем 493 улыўма билим бериў мектеби, 9 қәнигелестирилген мектеп ҳәм 330 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде қурылыс, реконструкциялаў, ири оңлаў ҳәм үскенелеў жумыслары әмелге асырылды.

Атап айтқанда, мектеплерде 43 жаңа қурылыс, 371 реконструкция, 88 ири оңлаў жумыслары, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде 103 жаңа қурылыс, 191 реконструкция, 36 ири оңлаў жумыслары әмелге асырылды.

Нәтийжеде мектеплерде қосымша 141,5 мың оқыўшы орны жаратылды, 92,4 мың орынлық имаратлар капитал оңланды. Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелеринде 17,4 мың балалар ушын жаңа орын шөлкемлестирилди, 27,8 мың орын реконструкцияланды, 6,5 мың орынлық имаратлар оңланды.