Таўлы аймақларда қар көшиўи қәўпи жәрияланды

    13 желтоқсан 2025 189

    2025-жыл 13-16-декабрь күнлери жаўын-шашын болыўы ҳәм ҳаўа температурасының кескин өзгериўи мүнәсибети менен республикамыздың таўлы аймақларында қар көшиўи қәўпи жәрияланды.

    Соның ишинде:

    Ташкент ўәлаяты бойынша: Оҳангарон, Бостанлық ҳәм Паркент районларында (Шотқол таў дизбеги);

    Наманган ўәлаяты: Поп районында қар көшиў қәўпи бойынша ескертилди.

    Таўлы аймақларда жасайтуғын ҳәм дем алатуғын пуқаралардан, сондай-ақ, усындай аймаққа шығып кететуғын айдаўшылардан қәўипсизлик илажларына әмел етиўи соралды.