«Sogdiana Trans» жуўапкершилиги шекленген жәмийети "Өзбекстан темир жоллары" АЖ тәрепинен шөлкемлестирилген болып, "Ҳайратон - Мозори Шариф - Нойибобод" темир жол линиясында жүк тасыў, басқарыў ҳәм техникалық хызмет көрсетиўге қәнигелескен, деп хабар береди "Дунё" МА.
Биргеликтеги кәрхананың ашылыў мәресиминде «Khan Daqiq Trading» компаниясының басшысы Ҳамид Хан компания "Кабул - Мозори Шариф - Кабул" жөнелиси бойынша жылына 150 мың тонна өнимди жүк машиналарында тасыў, Мозори Шарифтен темир жол арқалы Өзбекстан, Қазақстан, Беларусь, Россия, Балтық бойы мәмлекетлерине тасыў ҳәм ол жерлерден өнимлерди импорт етиў имканиятына ийе екенин мәлим етти.
Илажда "Согдиана Транс" ЖШЖ логистика ҳәм маркетинг бөлими баслығы Азиз Абдуллаев Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевқа ҳәм "Өзбекстан темир жоллары" АЖ басшылығына "Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм "жасыл" экономика жылы"нда исбилерменлерге жаратылған имканиятлар ушын миннетдаршылық билдирди.
Өзбекстанның Аўғанстандағы елшиси Айбек Усмонов шөлкемлестирилген қоспа кәрхана Өзбекстан ҳәм Аўғанстан арасында транспорт, логистика, саўда, санаат ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўди кеңейтиўде үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.