Қарарға муўапық, Хожели районында Жаслар социаллық-экономикалық орайы шөлкемлестириледи.
Орай аймағында IТ-университет, стартаплар ҳәм оларды қоллап-қуўатлаў бойынша инновациялық топарлар технопарки, жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған өндирис кәрханаларының жумысы жолға қойылады.
Сондай-ақ, қурылған ҳәм пайдаланыўға тапсырылған социаллық тараў объектлери Инвестор тәрепинен тийисли мәмлекетлик уйымлардың қарамағына бийпул өткериледи.
Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанында мәмлекетлик мәкеме түриндеги Жаслар социаллық-экономикалық орайының дирекциясы шөлкемлестириледи.









