Бул ҳаққында Энергетика министрлиги мәлим етти.

Атап өтилиўинше, усы жылдың 11-15-январь күнлери Абу-Даби қаласында "Abu Dhabi Sustainability Week 2026" халықаралық ҳәптелиги болып өтти.

Ҳәптелик шеңберинде Қашқадәрья ўәлаяты Ғузор районында қуўатлылығы 300 МВт болған қуяш фотоэлектр станциясы ҳәм қуўатлылығы 75 МВт/саат болған энергия сақлаў системасын (BESS) өз ишине алған жойбарды қаржыландырыў бойынша келисимге қол қойылды.

Мәресимде Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Жамшид Хожаев, энергетика министри Жорабек Мирзамаҳмудов, Бирлескен Араб Әмирликлери энергетика ҳәм инфраструктура министри Суҳайл Муҳаммад ал-Мазруий ҳәм "Masdar" компаниясының бас атқарыўшы директоры Муҳаммад Жамил Ал Рамаҳий қатнасты.

Бул жойбар Әмирликлердиң "Masdar" компаниясы қатнасыўында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында әмелге асырылады.

Жойбарды әмелге асырыўда Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки және Азия раўажланыў банкиниң қаржы ресурслары тартылады. Қаржыландырыў пакети, сондай-ақ, Канада ҳәм Финляндия ҳүкиметлериниң қаржылары, Япония менен бирге ислесиў қорының ресурслары ҳәм банк қуралларын өз ишине алады.

Атап өтилиўинше, жойбар иске қосылғаннан соң атмосфераға жылына 280 мың тонна зыянлы элементлер шығыўының алды алынады, 231 миллион куб метр тәбийғый газ үнемленеди, 280 мыңға шамалас шаңарақты электр энергиясы менен тәмийинлеў имканияты жаратылады.

Ғузор жойбары "Masdar" компаниясы тәрепинен Өзбекстанда қайта тиклениўши энергия дәреклери тараўында әмелге асырылып атырған жойбарлардың бир бөлеги болып, улыўма қуўатлылығы дерлик 2 ГВт.

Бул бағдардағы инвестициялардың көлеми 2 миллиард АҚШ долларынан артты.