Бул ҳаққында Испанияның «La
Brújula Verde» санлы журналына
тийкарланып "Дунё" мәлимлеме агентлиги хабар берди.
Бул жердеги изертлеўлер усы жылдың өзинде Самарқанд археология
институтының илимий хызметкери Санжар Абдураҳимовтың басшылығында системалы
түрде басланды. Комплекстиң арқа-шығыс бөлиминен бийиклиги 70 сантиметрге
шамалас, ени 90 сантиметрли алтарь, ондағы жалын излери ҳәм бир неше мәрте
қайта-қайта реставрацияланғанынан дәрек беретуғын бир неше қатлам ылай сыбаў
табылған.
Оның жанынан
гөшинен айырылғаннан соң өлген адамның сүйегин сақлайтуғын ыдыс - оссуарий
табылған. Оның бетинде кийик ҳәм арха - Түркстан шыршасы сүўретлери менен
безелген, бирақ нағыслардың анық мәнисин қәнигелер реставрациядан кейин
анықлаўы мүмкин.
Алтарьдың
сүйекхана менен биргеликте пайдаланыўы зороастризм дәстүрине байланыслы жерлеў
әмеллериниң бар екенлигинен дәрек бериўи мүмкин, бунда марҳумлардың денелери
жерленбеген ҳәм күйдирилмеген, сүйеклер тазаланғаннан кейин арнаўлы ыдысларға
салынған.
Егер Адирман
сәнеси тастыйықланса, бул табылма Соғдияна ҳәм Хорезмде безетилген оссуарийлер
кең тарқалыўынан бир неше әсир алдын бундай мәресимлерди дизимге алыў
имканиятын береди. Соның менен бирге, изертлеўшилердиң атап өтиўинше, сәне еле
дәслепки ҳәм қосымша үйрениўди талап етеди.
Археологлар қазыў
жумысларын даўам еттирмекте, бул жумыслар Адирманның ўазыйпасы ҳәм комплекстиң
тарийхый статусын анықлаўға жәрдем бериўи керек. Өзбекстан мәдений мийрасты
қорғаў агентлигиниң атап өтиўинше, табылмалар аймақтың әййемги халқының диний
исенимлери ҳәм жерлеў әдетлерин үйрениўде баҳалы дәрек болып есапланады.