Туўылыўдың рекорд дәрежеде төменлиги фонында Қытай халқы избе-из төртинши жыл қысқармақта. Буны рәсмий мағлыўматлар тастыйықлайды, деп жазбақта Reuters.
Қытай Миллий статистика бюросы мағлыўматларына бола, 2025-жылы мәмлекет халқы саны 3,39 млн адамға азайып, 1,405 млрд. Бул 2024-жылға салыстырғанда тезирек қысқарыў.
Туўылыўшылық болса 2025-жылы 7,92 миллионға шекем азайған, бул бир жыл алдынғы 9,54 миллионға салыстырғанда 17 процентке аз. Соның менен бирге, қайтыс болғанлар саны 2024-жылдағы 10,93 миллионға салыстырғанда 11,31 миллионға көбейди. Туўылыў дәрежеси ҳәр 1000 адамға 5,63 ге түсип, өлим дәрежеси ҳәр 1000 адамға 8,04 ге көтерилди - бул 1968-жылдан берли ең жоқары көрсеткиш, деп жазбақта korrespondent.net.