Форум шеңберинде Өзбекстанның «Bazaar Travel» ҳәм Кувейттиң «Alrukn Alyamani» компаниялары арасында туристлер ағымын көбейтиў мақсетинде бирге ислесиў жолға қойылды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Усы бирге ислесиў шеңберинде 25 адамнан ибарат туристлердиң биринши топары усы жылдың октябрь айында Өзбекстанға келген еди.

Тур бағдарламасында Ташкент, Самарқанд, Бухара ўәлаятларындағы қызықлы орынлар, мәдений мийрас объектлери, сондай-ақ, сулыў таў алды аймақларына саяхат етиў нәзерде тутылған.

Топар ағзалары елимиз ҳаққындағы дәслепки тәсирлерин қызғын атап өтти. Өзбекстан қувейтлилерди әййемги тарийх ҳәм уллы келешекти байланыстыратуғын кесилиспе сыпатында өзине тартатуғыны атап өтилди.

«Alrukn Alyamani» компаниясы ўәкиллери бундай топарлардың сапарларын және де көбейтиў, сондай-ақ, Өзбекстандағы бирге ислесиўшилер менен реклама жумысларын жеделлестириў нийетин билдирди.