Ушырасыўда энергетика министри Журабек Мирзамаҳмудов, CNPC корпорациясы баслығы Дай Хоулян, сондай-ақ, еки мәмлекеттиң нефть-газ тармағы кәрханаларының басшылары қатнасты.
Тәреплер Өзбекстан менен Қытай арасындағы қатнасықлар барлық бағдарларда избе-из раўажланып, стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилип атырғанын, әсиресе, жанылғы-энергетика тараўындағы байланыслар избе-из раўажланып атырғанын атап өтти.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң сентябрь айында Пекинде болып өткен CNPC баслығы менен ушырасыўының жуўмақлары еки тәреплеме бирге ислесиўге жаңа пәт бағышлағаны атап өтилди.
Сөйлесиўлер ўақтында бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары, соның ишинде, "Орайлық Азия - Қытай" газ қубырын қурыў, Бухара ўәлаятында газ конденсаты кәнлерин өзлестириў бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, жер асты газ сақлағышын шөлкемлестириў, сондай-ақ, жаңа кәнлерди өзлестириў ҳәм Өзбекстан нефть-газ тармағы ушын маман кадрлар таярлаў мәселелери додаланды.









