Жер силкиниўи Қытайдың Тибет автоном ўәлаятындағы Нагчу қала округинде жүз берди, деп хабар берди “Синьхуа” мәлимлеме агентлиги жергиликли айрықша жағдайлар басқармасына сүйенип.

Дәслепки мағлыўматларға бола, 11 адам аўыр жарақат алған.

Жер силкиниў ақыбетинде 339 шаңарақтың үйи ўайран болған. Қутқарыўшылар излеў-қутқарыў жумысларын даўам еттирмекте ҳәм жарақатланғанларға жәрдем көрсетпекте. Рәсмийлер зыян муғдарын баҳалап атыр, деп хабар берди “rbc.ru”.

Қытай Айрықша жағдайлар министрлигиниң мағлыўматларына бола, жер силкиниў епимаркази 10 километр тереңликте болған. Рәсмийлер 4-дәрежели айрықша жағдайлар бойынша оператив топарын жәриялады ҳәм зыян көрген аймаққа арнаўлы топар жиберди.

Қытайда төрт басқышлы айрықша жағдайлар бойынша оператив илажлар системасы бар. Усы система бойынша 1-дәрежели ең аўыр деп есапланады.

Июнь айында "Синьхуа" Қытайдың Сичуань ўәлаятында 5,5 магнитудалы жер силкиниўи жүз бергени, сонда 13 адам жарақатланғаны ҳаққында хабар берген еди. Олардың ҳәммеси жеңил жарақат алған ҳәм ҳеш ким қайтыс болмаған. Рәсмийлер 196 адамды евакуациялады, жер силкиниўлери 21 үйге зыян жеткерди ҳәм жолдың бир неше бөлегинде тас қулаўына себеп болды.