Наманган ўәлаятында "Қамчиқ" өткелинде жаңа туристлик комплекс пайда болады

    Туризм 15 қазан 2025 3120

    Наманган ўәлаятында туризмди раўажландырыў, жаңа туристлик орынларды жаратыў жумыслары даўам еттирилмекте. Атап айтқанда, Қамчиқ өткелиниң Ташкент пенен байланыстыратуғын бөлегинде заманагөй жол ҳәм дем алыў комплекси қурылады.

    Жойбар 90 гектар майданды қамтып алады ҳәм Австрияның Doppelmayr / Garaventa топары тәрепинен әмелге асырылады.

    Мағлыўмат ушын: Doppelmayr / Garaventa - Австрия ҳәм Швейцарияның канат жоллары (ropeways), гондол, лифт, жолаўшы ҳәм жүк тасыў системаларын жойбарластырыў ҳәм ислеп шығарыўға қәнигелескен ири компаниялар топары. Компания кең технологиялар ҳәм хызметлер портфелине ийе болып, дүньяның 96 мәмлекетинде 15 мыңнан аслам аспа канат жолларын жойбарластырған.

    13-октябрь күни Наманган ўәлаяты ҳәкими Шавкатжан Абдураззоқов Doppelmayr / Garaventa компаниясы ўәкиллери - Йоханнес Триебник, Валерий Яшин ҳәм Евгений Куприн менен ушырасты. Ушырасыўда жойбардың әҳмийети ҳәм болажақ қурылыс объектлери додаланды.

    Жойбар Наманганның ири исбилерменлеринен бири - "Aisha Group" компаниясының басшысы Жобирхон Камалитдинов тәрепинен қаржыландырылып атырғанын атап өтиў керек.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates