Салық комитетинде бул системаның жумыс тәртиби түсиндирилди. Алдын бул ҳаққындағы баслама 2025-жыл 28-ноябрьдеги ПҚ-364-санлы қарар менен тастыйықланған еди.

Социаллық тармақларда баланста қаржы болса, электр энергиясы өшириледи, деген надурыс мағлыўматлар тарқалмақта.

Әҳмийетлиси, 1 млн сумнан артық қарыздарлық болса да, электр өшпейди. Оның орнына электр энергиясы ушын ҳақы төлеўге ўақытша шеклеў қолланылады.

Шеклеўлер пуқаралардың социаллық қорғаўға мүтәж категорияларына енгизилмейди:

I ҳәм II топар майыплығы болған шахслар;

бағыўшысынан айырылған шаңарақлар;

социаллық қорғаў реестрине киргизилген пуқаралар;

нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған басқа категориялар.

Бүгинги күнде Наманган ўәлаятында 1 миллион сумнан артық қарыздарлығы болған 45,8 мың физикалық тәреп бар болып, бул салық төлеўшилердиң улыўма санының дерлик 8 процентин (531,2 мың) қурайды.

Тәжирийбе 2026-жыл 16-апрельде басланады. Оның жуўмақлары бойынша 2026-жыл 1-октябрьге шекем бул әмелиятты басқа аймақларда да енгизиў мақсетке муўапықлығы бойынша Министрлер Кабинетине усыныслар киргизиледи. Онда атап өтилиўинше, система пүткил мәмлекет бойлап бир ўақыттың өзинде енгизилмейди.

Еслетип өтилиўинше, 1 млн сумнан артық қарыздарлық суд тәртибинде өндирилиўи мүмкин, бул болса мәмлекетлик бажы ҳәм орынлаў жыйымы көринисиндеги қосымша қәрежетлерге себеп болады.

Пуқаралардан салықларды өз ўақтында төлеў, дурыс емес мағлыўматларды тарқатпаў, бул белгиленген тәртипте жуўапкершиликке себеп болыўы мүмкин екенлиги ескертиледи.