Бул ҳаққында Борно штаты полициясы хабар берди.
"Тилекке қарсы, жәми 23 адам қайтыс болған, және 108 адам ҳәр қыйлы дәрежедеги жарақат алған", делинеди ҳуқық қорғаў уйымларының Х сайты бетинде жайластырылған билдириўде.
Жарылыўлар штат ҳәкимшилик орайы - Майдугури қаласында жүз берди. Тергеў версиясына бола, өз жанына қастыянлық қылғанлар университет емлеўханасы, базар ҳәм автомобиль эстакадаларынан бириниң жанында жасалма жарылыўшы қурылмаларды жарған. Полиция тәрепинен басқа жарылыўшы қурылмалардың бар-жоқлығы тексерилип көрилди. Жәбирленгенлер емлеўханаларға жеткерилди, ҳуқық қорғаў уйымлары ўақыя шараятларын үйрениў ҳәм айыпкерлерди излеў жумысларын баслады.
Майдугури - 2009-жылы Нигерия қәўипсизлик күшлериниң тийкарғы душпаны болган "Боко ҳарам" экстремистлик топары дүзилген қала. Топар мәмлекетте ҳәкимиятты қолға алыўды мақсет етип қойған ҳәм турақлы түрде терроршылық ҳәрекетлерин әмелге асырмақта. 2015-жылы Нигерия Қураллы Күшлери "Боко ҳарам"ды үлкен жеңилиске ушыратты ҳәм оның қол астындағы аймақларды кескин қысқартты. Соған жуўап ретинде жаўынгерлер қоңсы мәмлекетлерде, биринши гезекте Чад көли аймағында өз базаларын шөлкемлестире баслады. 2015-жылы "Боко ҳарам"да бөлиниў жүз берип, оның қурамынан бир топар жаўынгерлер шығып, кейин ала "Батыс Африкада ислам мәмлекетин" дүзди, деп жазбақта tass.ru.