Нөкисте «HealthTech AI Hackathon» таңлаўының жеңимпазлары сыйлықланды

    8 қазан 2025 639

    Президент Администрациясы басшысы Саида Мирзиёева Нөкис қаласында болып өткен «HealthTech AI Hackathon» таңлаўының жеңимпазларын сыйлықлаў мәресиминде қатнасты.

    Илажда 300 ден аслам қатнасыўшы 44 командаға бирлесип, өзлериниң медицина тараўындағы IТ исленбелерин усынды.

    Саида Мирзиёева атап өткениндей, хакатон жас шыпакерлер ҳәм технология тараўының қәнигелери бирлесип, денсаўлықты сақлаў келешегин өзгертиўге уқыплы шешимлерди излейтуғын майданға айланды.

    "Бул платформа бирлестирген көплеген ақыллы, умтылыўшаң, идеялары жанған жасларды көрдим. Олар санлы қураллар жәрдеминде адамлардың өмирин сақлап қалыў, диагноз қойыўды анық, емлеўди арзан етиў ҳаққында ойламақта", - деп атап өтти ол.

    Қатнасыўшылардың 40 проценти өз идеяларын белсене қорғайтуғын, инновациялық өнимлер жарататуғын, заманагөй технологияларды исенимли ийелейтуғын қызлар екени айрықша атап өтилди.

    "Көпшилик Хакатонға сыйлық ушын емес, жақынларының дәртлерин көрип, өз турмысын өзгертиўи мүмкин болған шешимди табыў ушын келген. Соның ушын олардың көзлери жанады, соның ушын нәтийжелер күшли", - деди Саида Мирзиёева.

    Оның атап өтиўинше, келеси мақсет - усынылған жойбарлардың раўажланыўын қоллап-қуўатлаў, инвесторларды табыў ҳәм шешимлерди әмелиятқа енгизиўге жәрдемлесиў.

    «HealthTech AI Hackathon» таңлаўы 2026-жылдың ақырына шекем Өзбекстанның барлық аймақларын қамтып алатуғын ҳәм мыңлаған жас қәнигелерди тартатуғын «AI Hackathon» улыўма миллий жойбарының бир бөлеги болып есапланады.

    - Олардың арасында мәмлекетимизди табыслы алға баслайтуғын болажақ новаторлар, илимпазлар, жетекшилер бар екенине исенемен. Кейинги басқыш Самарқандта болып өтеди!", - деди Саида Мирзиёева.

    Сөзиниң жуўмағында қатнасыўшыларға идеялары, мәртлиги ҳәм өзгерислерге болған исеними ушын миннетдаршылық билдирип, "Ҳәммеси енди басланбақта" деп атап өтти.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates