Илажға "Өзбекстан халықлары жәмийетлик-мәдений орайы" Омск аймақлық жәмийетлик шөлкеминиң баслығы Феруза Адашева, "Россия - моя история" тарийхый паркиниң директоры Александр Тихонов ҳәм "Ватандошлар" жәмийетлик фондының ўәкили Ҳожиакбар Исаков онлайн түрде қатнасты, деп хабар бермекте "Дунё" МА.
"Өзбекстан халықлары жәмийетлик-мәдений орайы" Өзбекстан жәмийетлик шөлкеминиң басшысы Феруза Адашева тийкарғы мақсети өзбек мәдениятының байлығы ҳәм көп түрлилигин ғалаба ен жайдырыў, миллетлераралық қарым-қатнас, өз-ара түсинисиў ҳәм татыўлықты беккемлеўден ибарат бул фестивалға Омск қаласы халқы ҳәм мийманларының қызығыўшылығы жоқары екенин айрықша атап өтти.
Өзбекстанның мәдений, руўхый ҳәм тарийхый потенциалы, өзбек халқының дәстүр ҳәм үрп-әдетлери, дүнья илиминиң, мәдениятының, көркем өнериниң, поэзиямыздың ғәзийнесине шексиз үлес қосқан уллы тулғалар, Жаңа Өзбекстанның жетискенликлери ҳәм елимиздиң туристлик бағдарлары көрсетилген заманагөй мультимедиа көргизбесине келиўшилердиң үлкен итибары атап өтилди.
"Ватандошлар" жәмийетлик фондының ўәкили Ҳожиакбар Исоқов фондтың сырт елдеги мәденият орайлары ҳәм өзбек жәмийетлик бирлеспелерин қоллап-қуўатлаўға қаратылған жумысы, миллетлераралық қарым-қатнасты беккемлеў, өзбек мәденияты ҳәм көркем өнерин, соның ишинде, Сибирде ғалаба ен жайдырыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли жойбарлар ҳаққында айтып берди.
2025-жыл август айында Омск қаласындағы Өзбекстан халықлары жәмийетлик-мәдений орайының басшылығына "Ватандошлар" жәмийетлик фонды ҳәм Өзбекстанның Новосибирск қаласындағы Бас консуллығы тәрепинен китаплар, миллий әсбап-үскенелер ҳәм кийим-кеншеклердиң үлкен топламы тапсырылғанын атап өтиў керек.
Быйылғы фестиваль шеңберинде өзбек әдебий тилиниң тийкарын салыўшы, уллы гуманист Әлийшер Наўайы туўылған күниниң 585 жыллығы ҳәм Заҳириддин Муҳаммед Бабур туўылған күниниң 543 жыллығына бағышланған әдебий кешелер өткерилди.