Бул әҳмийетли илаж жоқары дәрежедеги рәсмий сапар шеңберинде болып өтти ҳәм мәмлекетлеримиз арасындағы дослық, өз-ара исеним ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларының және бир айқын белгиси болды.
Ашылыў мәресиминде Туризм комитетиниң баслығы Умид Шадиев, Қытай санаат ҳәм саўда федерациясының Пекин сыртқы ҳәм мәдений саўда ассоциациясының атқарыўшы директоры Чи Лу ханым, Қытайдың ири туристлик компанияларының ўәкиллери ҳәм басқа да рәсмий мийманлар қатнасты.
Илаж даўамында шығып сөйлеўшилер Пекинде ашылған Туризм офиси Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы туризм байланысларын және де беккемлеўде әҳмийетли орын ийелейтуғынын, Қытайдың ири туристлик компанияларына Өзбекстан базарына кирип келиўде ҳәм бирге ислесиўди жолға қойыўда жәрдем беретуғынын атап өтти.
Соның менен бирге, Туризм офиси жаңа жойбарларды әмелге асырыўда белсене қатнасып, сырт елли инвесторларға туризм тараўындағы имканиятлар ҳаққында толық мағлыўмат береди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм ҚХР Бас хаткери Си Цзиньпинниң басламалары менен кейинги жылларда еки тәреплеме қатнасықлар жаңа басқышқа көтерилгенин атап өтиў керек. Соның ишинде, туризм тараўындағы бирге ислесиў жедел раўажланбақта. 2025-жыл 1-июньнен баслап 30 күнге шекем визасыз режим енгизилгени, сондай-ақ, еки мәмлекет арасында ҳәптесине 50 ден аслам авиарейслер жолға қойылғаны буны айқын дәлиллейди. Жақын жылларда бул көрсеткишти 100 ге жеткериў режелестирилген.
Буннан тысқары, 2025-жылдың "Қытайда Өзбекстан туризм жылы" деп жәрияланғаны да еки мәмлекет арасындағы туризм бирге ислесиўин беккемлеўге хызмет етеди. Усы жылдың өткен дәўиринде Өзбекстан делегациялары Қытайдың 9 ири қаласында роуд-шоу өткерди, туристлик көргизбелерде белсене қатнаспақта, жылдың ақырына шекем басқа да бир қатар провинцияларда бир қатар презентациялық илажларды өткериў режелестирилген.
Өзбекстан тәрепи 2030-жылға шекем мәмлекетимизге келетуғын қытайлы туристлердиң санын 3 миллионға жеткериўди мақсет еткен. Пекиндеги жаңа туризм офиси бул үлкен мақсетке ерисиў жолындағы әҳмийетли қәдемлерден бири болып есапланады.
Мәресим жуўмағында Өзбекстан ўәкиллери барлық қатнасыўшыларды мәмлекетимизге сапар етиўге мирәт етип, Өзбекстан қытайлы туристлер ушын ашық ҳәм қолайлы бағдарлардан бири болып қалатуғынын атап өтти.