Сөйлесиўлер ўақтында Өзбекстанның Пакистан портлары арқалы жүк тасыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў, Карачи портында Өзбекстан қоймаханаларын шөлкемлестириў ҳәм инвесторларға жеңилликлер бериў мәселелери додаланды.
Ушырасыў жуўмағында Карачи портында Өзбекстан жүклери ушын қоймаханалар шөлкемлестириўге келисип алынды, бул логистиканы әпиўайыластырыў ҳәм мәмлекетлер арасында саўда байланысларын беккемлеўде әҳмийетли қәдем болады.