Өзбекстанның сырт елдеги мәденият ҳәм туризм тараўындағы басламаларын муўапықластырыў нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде Өзбекстанның мәмлекетлердеги елшиханаларының штатлар режесине қосымша түрде мәденият ҳәм туризм бойынша кеңесгөй лаўазымы киргизилмекте.
Кеңесгөй тийисли мәмлекеттеги дипломатиялық миссияның басшысына бойсынады ҳәм еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыўға жәрдемлеседи, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының Креатив экономика ҳәм туризм департаментиниң басшысына есап береди.
Дизимге Өзбекстанның төмендеги мәмлекетлердеги елшиханалары киргизилген: Уллы Британия, Франция, Индонезия, ҚХР, АҚШ, БАӘ ҳәм Россия.
Кеңесгөйдиң тийкарғы ўазыйпалары:
Өзбекстанның бай мәдений мийрасын, мәденият ҳәм көркем өнер жетискенликлерин ғалаба ен жайдырыў, сол арқалы мәмлекеттиң халықаралық майдандағы унамлы имиджин беккемлеўге жәрдемлесиў;
мәденият, көркем өнер мәкемелери ҳәм илимий-изертлеў шөлкемлери тараўында биргеликтеги билимлендириў бағдарламаларын шөлкемлестириў, кадрлар таярлаў ҳәм тәжирийбе алмасыў;
қабыл етиўши мәмлекеттиң мәлимлеме мәканында Өзбекстанның туристлик потенциалын кеңнен сәўлелендириўге қаратылған мәлимлеме компанияларын өткериў, сондай-ақ, мәмлекеттиң туристлик тартымлылығын арттырыўшы реклама материалларын системалы түрде тарқатыў;
тарийхый-мәдений, гастрономиялық, зыярат, өнерментшилик, билимлендириў ҳәм медицина туризми сыяқлы перспективалы бағдарларда бирге ислесиўди раўажландырыў, сондай-ақ, бул бағдарда экспертлик талқылаўлар өткериў ҳәм анық усыныслар ислеп шығыў ҳәм басқалар.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 03.02.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».