"Өзгидромет"тиң мәлим етиўинше, 21-март күни аймақтың үлкен бөлегинде жаўын-шашын болмайды, тек ғана Қашқадәрья, Сурхандәрья ўәлаятларында күнниң екинши ярымында айырым жерлерде жаўын жаўады. Ҳаўаның температурасы 20-25 градус жыллыға шекем көтериледи.

23-24-март күнлери республиканың көпшилик ўәлаятларында, Қарақалпақстан ҳәм Хорезм ўәлаятларынан тысқары, айырым жерлерде қысқа мүддетли жаўын жаўады, гүлдирмама болыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 20-25гр жыллы, арқа, қубла ҳәм шөл аймақларында 28гр жыллы.

Ҳаўаның температурасы түнде 7-12гр жыллы.

Таў алды ҳәм таўлы аймақларда сел-суў өтиўи мүмкин.

Ташкентте: 19-март күни күндиз, 20-март күни түнде ҳәм азанда ўақты-ўақты менен жаўын жаўыўы мүмкин. Ҳаўаның температурасы 19-март күни 14-16гр жыллы, 20-март күни 17-19гр жыллы болады.

21-март - жаўын-шашынсыз. Ҳаўаның температурасы 21-23 градус жыллы.

23-24-март күнлери ўақты-ўақты менен қысқа мүддетли жаўын жаўады, гүлдирмама болады. Күндизги температура 20-25 дәреже ыссы.