Дәстүрий түрде 150 қәбилетли балалар қатнасып, бес күн даўамында мәлимлеме технологиялары, дөретиўшилик ҳәм жаңа ойлап табыўлар дүньясына шүмип барды. Және 4 мың 100 оқыўшы онлайн тәризде билимлендириў сабақларына қосылды.

Бес күн даўамында экспертлер ҳәм оқытыўшылар қатнасыўшыларды жасалма интеллекттиң заманагөй имканиятлары менен таныстырды, сондай-ақ, веб-сайтлар жаратыў, 3D модельлестириў, робототехника ҳәм санлы технологиялар бойынша әмелий көнликпелерди қәлиплестириўге жәрдемлести.

Билимлендириў бағдарламасынан тысқары, қатнасыўшылар тәжирийбе алмасыў, дөретиўшилик потенциалын жүзеге шығарыў, технология ҳәм инновацияларға қызығыўшылық пенен бирлескен пикирлеслерди табыў имканиятына ийе болды.