Жойбарда дүньяның 108 мәмлекетинен 12 мыңнан аслам инженер қызлар, соның ишинде, еки ҳаял-қыз Өзбекстаннан қатнаспақта.

Олар «Uzcosmos» жәрдеминде таңлаў ҳәм оқыўға таярлық басқышларынан табыслы өтип, «ShakthiSAT-1» жолдасының инженерлик модулин әмелий жыйнаўда тиккелей қатнасыў имканиятына ийе болды.

Жойбардың тийкарғы мақсети - ҳаял-қызлардың «STEM» бағдарлары, атап айтқанда, аэрокосмослық инженерлик ҳәм космослық технологиялар тараўындағы қатнасын кеңейтиў, сондай-ақ, ҳаял-қызлар инженерлери ҳәм космос тараўы қәнигелериниң жаңа әўладын таярлаў ушын шараят жаратыўдан ибарат.

Бағдарламада қатнасыў қызларға космослық инженерлик, жасалма жолдас технологиялары ҳәм космослық системаларды ислеп шығыў тараўларында әмелий тәжирийбе алыў имканиятын береди.

Жойбар, сондай-ақ, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыў ҳәм ҳәр қыйлы мәмлекетлердиң жас қәнигелери арасында тәжирийбе алмасыўға хызмет етеди.