Самарқандта тынышлық ҳәм аўызбиршилик тымсалы болған "Толерантлық кемеси" ашылды

    29 қазан 2025 2196

    Самарқандта дүньяға белгили художниклер Илья ҳәм Эмилия Кабаковлардың "Толерантлық кемеси" инсталляциясының салтанатлы ашылыўы болып өтти. Илаж Өзбекстан мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорының қатнасыўында өткерилди.

    Орайлық Азияда биринши мәрте пүткил Өзбекстан балаларының тынышлық, үмит ҳәм аўызбиршилик идеяларын сәўлелендиретуғын мыңнан аслам сүўретлеринен ибарат желқом көринисиндеги бийбаҳа инсталляция көрсетилмекте.

    ЮНЕСКОның Жаслар форумы шеңберинде Өзбекстан ҳәм сырт еллердиң жас атқарыўшыларының қатнасыўында халықаралық балалар концерти болып өтти.

    Оркестр, ансамбль ҳәм хорлар классикалық ҳәм миллий шығармаларды атқарып, жойбардың миссиясы - қарым-қатнас, дөретиўшилик ҳәм мәдениятлараралық алмасыўды раўажландырыўға айрықша итибар қаратты.

    "Толерантлық кемеси" 2005-жылы Египетте дебют еткенинен берли дүньяның 20 ға шамалас қаласында болып, мәмлекетлер арасындағы мәдений байланысларды беккемлеўге хызмет етип атырған "тынышлық ҳәм аўызбиршиликтиң жанлы естелиги" сыпатында тән алынған.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates