Самарқандта Италияның Тушиа университетиниң филиалы ашылады

    Билимлендириў 19 қыркүйек 2025 1061

    Самарқанд қаласындағы Тушиа университети филиалының рәсмий ашылыў мәресими 30-сентябрь күни болып өтиўи режелестирилген болып, жаңа оқыў орнында сабақлар келеси жылдың январь айынан басланады.

    Бул ҳаққында Италия университети ректоры, профессор Стефано Убертини Өзбекстан елшиси Абат Файзуллаев пенен ушырасыў ўақтында мәлим етти, онда Өзбекстан Аўыл хожалығы министрлиги менен Самарқанд агроинновациялар ҳәм изертлеўлер институты тийкарында биргеликтеги университет кампусын шөлкемлестириў ҳаққындағы келисим шәртлерин орынлаў бойынша жумыслар басланғаны атап өтилди, деп хабар береди "Дунё" МА.

    Атап өтилгениндей, жаңа университетте студентлер "Аўыл хожалығы илимлери" ҳәм "Азық-аўқат технологиялары" факультетлериниң бакалавриат, "Аўыл хожалығы илимлери" ҳәм "Биоэкономика" факультетлериниң магистратура бағдарламалары бойынша билим алыўы мүмкин. Сондай-ақ, биргеликтеги билимлендириў бағдарламасы шеңберинде студентлерди Италияда оқытыў нәзерде тутылған.

    "Тарийхта биринши рет Италияның аўыл хожалығы бағдарындағы университетлери арасында биринши рет Тушиа сырт ел филиалы ашылады", - деп қосымша етти жоқары оқыў орны ректоры.

    Ушырасыў жуўмағында тәреплер Өзбекстан ҳәм Италия арасындағы бирге ислесиўди беккемлеў мақсетинде сөйлесиўди даўам еттириўден мәпдар екенин билдирди. Италия тәрепи университеттиң аўыл хожалығы тараўында Италияның алдынғы заманагөй технологиялары ҳәм тәжирийбеси ҳаққында өзбекстанлы студентлер менен билим алмасыўдан қуўанышлы екенин атап өтти.