Экология министриниң орынбасары Жусипбек Казбеков, CITES бас хаткери Ивонн Игуэро, Экология комитети жанындағы Экотуризм ҳәм аңшылықты раўажландырыў департаменти баслығы Отабек Бобомурадов, I CoP20 комитетиниң баслығы Маттиас Лортшер ҳәм II CoP20 комитетиниң баслығы Анна Вонг шығып сөйледи.
Баспасөз әнжуманын ашып берип, Жусипбек Казбеков Өзбекстанда CoP20 өткерилиўи "пүткил Орайлық Азия ушын тарийхый басқыш ҳәм регионның экологиялық жетекшилиги артып баратырғанының тән алыныўы" екенин атап өтти.
Министр орынбасары Самарқанд биоҳәртүрлиликти қорғаў, трансшегаралық бирге ислесиўди күшейтиў ҳәм тәбийғый ресурсларды сақлаўға инновациялық қатнасларды алға қойыўға қаратылған әҳмийетли қарарлар қабыл етиў майданына айланғанын атап өтти.
"CoP20 қарарлары Конвенция шеңберинен шығып кетип атырғанын көрип турмыз - олар Орайлық Азияның жаңа экологиялық архитектурасын қәлиплестирип, узақ мүддетли регионаллық процесслерди баслап береди", - деп атап өтти ол.
Ж.Казбеков 184 мәмлекеттен, соның ишинде, Европа Аўқамына ағза мәмлекетлерден 3 мыңнан аслам делегацияның қатнасыўы Өзбекстанның экологиялық реформаларына ҳәм мәмлекеттиң регионаллық тилеклесликти алға қойыў бағдарындағы ҳәрекетлерине халықаралық көлемдеги жоқары қызығыўшылықтан дәрек беретуғынын атап өтти.
CoP20 даўамында әҳмийетли жетискенликлер таныстырылды. Орайлық ўақыя Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Түркменстан тәрепинен қол қойылған 2026-2032-жылларға мөлшерленген жабайы тәбиятты қорғаў тараўындағы ең ири регионаллық келисим - Самарқанд декларациясының қол қойылыўы болды. Ҳүжжетте жабайы ҳайўанлардың нызамсыз саўдасына қарсы гүресиўде бирге ислесиў, уйымлараралық мәлимлеме алмасыў тармақларын жаратыў, санлы мониторингти раўажландырыў, экосистемаларды тиклеў ҳәм тәбийғый коридорларды қәлиплестириў нәзерде тутылған.
БМШ Раўажланыў бағдарламасы менен биргеликте Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Қырғызстан министрлериниң ушырасыўы болып өтти, оның шеңберинде қар барысы, қулын, сайғақты қорғаў, таў ландшафтларын сақлап қалыў ҳәм браконерликке қарсы гүресиўди күшейтиў бойынша келисилген илажлар тастыйықланды. Өзбекстан ҳәм Қазақстанның сайғақты сақлаў, соның ишинде, миграция жөнелислерин мониторинг етиў, биргеликте патруллаў ҳәм илимий изертлеўлерди раўажландырыў бағдарындағы бирге ислесиўине айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстан ушын ири халықаралық жойбарлар жәрияланды. Олардың арасында экосистемаларды тиклеў, жерлер деградациясының алдын алыў ҳәм мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаўға қаратылған 6,1 миллион долларлық «EcoLand» жойбары (ГЭФ-8) бар. Өзбекстан суў ҳәм жер ресурсларын басқарыў, қурғақшылыққа шыдамлылықты беккемлеў ҳәм суў қәўипсизлигин жақсылаў бойынша 18,4 миллион долларлық CAWLN регионаллық бағдарламасы шеңберинде төрт ири жойбарды әмелге асырмақта.
Баспасөз әнжуманында, сондай-ақ, бир қатар әҳмийетли басламалар таныстырылды: ЮНЕП ҳәм Россия Федерациясы менен биргеликте жаратылған Өзбекстанның экологиялық өзгерислер миллий атласы; GIZ менен биргеликте ислеп шығылған 2026-2030-жылларға мөлшерленген биринши Миллий Рамсар стратегиясы; Өзбекстан тәрепинен биринши мәрте амфибия ҳәм рептилияларды қорғаўға қосылған үлес сыпатында усынылған «Key Herpetological Areas» глобал басламасы.
CoP20 даўамында Өзбекстан тәрепи бир қатар еки тәреплеме ушырасыўлар, соның ишинде, Россия Федерациясы менен суў объектлерин қорғаў, экоқадағалаў тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, илимий ҳәм мониторинг технологияларын раўажландырыў мәселелери бойынша сөйлесиўлер өткерди.








