Халықаралық конференция Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен
жаслардың жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик турмыста белсене қатнасыўын кеңейтиў,
олардың парламент жумысындағы ролин күшейтиў, жас әўлад ўәкиллери арасында глобал
қарым-қатнас ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған әҳмийетли
басламалардың әмелий көриниси болып табылады.
Конференция жумысында 300 ге шамалас қатнасыўшы, соның ишинде, 183
мәмлекет, 15 халықаралық шөлкем ҳәм 50 ге шамалас турақлы бақлаўшы қатнасыўы
күтилмекте. Олардың арасында
жас парламент ағзалары, парламент басшылары ҳәм ўәкиллери, халықаралық
шөлкемлер ҳәм пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери бар.
Конференция
шеңберинде жас парламентарийлер бүгинги дүня алдында турған әҳмийетли
машқалаларды додалайды, инсан ҳуқықлары ҳәм қәдирин тәмийинлеў, әдиллик
принциплерин беккемлеў, тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, Турақлы
раўажланыў мақсетлерине ерисиўде жаслардың ролин арттырыў мәселелери бойынша
пикир ҳәм тәжирийбе алмасады.
Конференция
шеңберинде Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўде парламентлераралық бирге
ислесиўге бағышланған III глобаллық форум да шөлкемлестириледи.
Бүгин дүньядағы
жедел өзгерислер, жаңа қәўип-қәтерлер шараятында жаслардың қарар қабыл етиў
процесслериндеги қатнасын тәмийинлеў, олардың потенциалы ҳәм басламаларын
қоллап-қуўатлаў айрықша әҳмийетке ие болмақта. Усы мәниде, бул конференция жас
парламентарийлер ушын тек ғана тәжирийбе ҳәм пикир алысыў емес, ал анық
басламаларды алға қойыў, әмелий бирге ислесиўди жолға қойыў ушын да әҳмийетли
халықаралық майдан болып есапланады.
Самарқандта
өткерилетуғын бул абырайлы халықаралық форум Өзбекстанның парламентлераралық
қарым-қатнасты раўажландырыў, жаслар дипломатиясын қоллап-қуўатлаў ҳәм глобал
бирге ислесиўди беккемлеў бағдарындағы жедел позициясын көрсетеди.