Тийкарғы илажлар "Жипек жолы" туризм ҳәм мәдений мийрас халықаралық университетинде болып өтеди. Форум шеңберинде жасалма интеллект дәўиринде бәсекиге шыдамлы кадрларды таярлаў, инновациялық билимлендириў моделлерин енгизиў, қоспа илимий лабораторияларды шөлкемлестириў ҳәм академиялық мобилликти кеңейтиў мәселелерине бағышланған жалпы мәжилис ҳәм параллель сессиялар өткерилиўи режелестирилген.
Сондай-ақ, илимий қолланбаларды коммерцияластырыў, стартапларды раўажландырыў, технологиялар трансфери ҳәм университетлердиң санаат пенен өз-ара бирге ислесиўиниң нәтийжели механизмлери додаланады.
Ректорлардың U2U форматындағы еки тәреплеме ушырасыўлары жуўмағында бирге ислесиў ҳаққындағы келисимлерге қол қойылыўы режелестирилген.
Буннан тысқары, делегация Жиззақ ўәлаятындағы INNO Технопаркине, сондай-ақ, Ташкент қаласындағы жетекши жоқары билимлендириў мәкемелерине барады.