OTP Group - Венгрияның жетекши банк-финанс топары болып, 1 мың 656 филиалы, 102 миллиард евролық активлери, 12,4 миллиард евролық базар капиталласыўы, 17 миллион қарыйдары ҳәм 41 мың хызметкерине ийе. Капитал рентабеллиги 9,8% ти қурайды.

Ушырасыўда "Ипотека-банк"ти меншиклестириў бойынша топар режелери, сондай-ақ, санлы хызметлерди кеңейтиў ҳәм қарыйдарларға қолайлы хызмет көрсетиўге қаратылған жаңа мобил банк платформасын иске қосыў мәселелери додаланды.

Азық-аўқат қәўипсизлигин беккемлеў, агросанаат инфраструктурасын раўажландырыў ҳәм аўыл хожалығында нәтийжели қосымша қун шынжырларын қәлиплестириўге хызмет ететуғын Сырдәрья ўәлаятында қусшылық кластери жойбарына айрықша итибар қаратылды.

Ушырасыў жуўмағында тәреплер Өзбекстан ҳәм OTP Group арасында инвестициялық бирге ислесиўди кеңейтиў, сондай-ақ, жаңа қоспа жойбарларды әмелге асырыўдан бирдей мәпдар екенин тастыйықлады.