Самарқандта CITES CoP20 рәсмий ашылыўы болып өтти

    24 қараша 2025 416

    Silk Road Samarkand туристлик комплексиниң Экспоорайында 24-ноябрь күни Жойтылып кетиў қәўпи астында турған жабайы фауна ҳәм флора түрлери бойынша халықаралық саўда ҳаққындағы конвенция (CITES CoP20) тәреплериниң 20-конференциясының рәсмий ашылыў мәресими болып өтти.

    CITES COP20 Конвенцияның Орайлық Азияда өткерилген пүткил тарийхындағы биринши кең көлемли мәжилиси болды. Форумда 184 мәмлекет ҳәм Европа Аўқамынан 3 мыңнан аслам делегат, соның ишинде, мәмлекетлик шөлкемлер, халықаралық шөлкемлер, илимий жәмийетшилик ҳәм мәмлекетлик емес сектор ўәкиллери қатнасты.

    Конференцияның тийкарғы итибары биологиялық көп түрлиликти сақлаў бойынша глобал илажларды күшейтиў, жоғалып кетиў қәўпи астында турған түрлердиң халықаралық саўдасын тәртипке салыў механизмлерин жетилистириў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған.

    Ашылыў мәресиминде БМШ Бас хаткериниң орынбасары, БМШтың қоршаған орталық бағдарламасының атқарыўшы директоры Ингер Андерсен (видеомүрәжат), Өзбекстан Республикасы Президентиниң екология мәселелери бойынша кеңесгөйи - Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң баслығы Азиз Абдуҳакимов ҳәм CITES бас хаткери Ивонн Игуэро шығып сөйледи.

    Азиз Абдуҳакимов өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстан кейинги жылларда жабайы тәбиятты қорғаў, нызамсыз саўдаға қарсы илажларды күшейтиў бойынша кең көлемли реформаларды әмелге асырғанын атап өтти.

    "Бир неше күн алдын Өзбекстан Республикасы Президенти миллий экологиялық басқарыўды реформалаў ҳәм және де беккемлеў бойынша тарийхый пәрманға қол қойды. Пәрманға муўапық, шөлкемлестирилген Экология ҳәм климат өзгериўи бойынша миллий комитет Президент ҳәм Сенатқа есап береди. Комитетке "Био мийрас", "Жасыл мәкан", "Эко мәденият", "Таза ҳаўа", "Шығындысыз аймақлар" сыяқлы әҳмийетли миллий басламаларды әмелге асырыў ўазыйпасы қойылды. Буннан тысқары, жабайы ҳайўанлардың нызамсыз саўдасы, экологиялық жынаятлар, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы ҳуқықларының бузылыўына қарсы гүресиў бойынша ўәкилликлери кеңейтилген Миллий экологиялық полиция ҳәм Қоршаған орталықты мониторинг етиў орайы шөлкемлестирилди", - деди баслық.

    Халықаралық бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды. Өзбекстан TRAFFIC, INTERPOL, Fauna & Flora International менен шерикликти беккемлемекте, сондай-ақ, CAMI, CADI ҳәм "Рамсар" регионаллық басламаларында белсене қатнаспақта. Орайлық Азия мәмлекетлери тәрепинен Самарқанд декларациясының қол қойылғаны әҳмийетли нәтийже болды.

    Келешектеги бирге ислесиў ҳаққында сөз етип, баслық санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллектти раўажландырыў ушын «Samarkand AI-Hub» мәсләҳәт платформасын жаратыў, сондай-ақ, жабайы тәбияттың нызамсыз айланысы ушын санкцияларды үйлестириў ҳәм жуўапкершилик илажларын күшейтиў механизмин ислеп шығыў сыяқлы бир қатар басламаларды алға қойды. Өзбекстан, сондай-ақ, қатаң қадағалаў ҳәм санлы қадағалаў тийкарында сийрек ушырасатуғын түрлерди көбейтиў орайларын кеңейтиў тәрепдары болды.

    Ивон Игуэро өзиниң шығып сөйлеген сөзинде шериклик улыўмалық табыс тийкары екенин атап өтти.

    "СИТЕС - ҳәрекеттеги көп тәреплемелик, бирге ислесиў адамлар ҳәм планета ушын нәтийже келтирип атырғанының дәлийли. Биргеликтеги ҳәрекетлеримиз жабайы тәбият гүллеп-жаснайтуғын келешекти тәмийинлеўдиң бирден-бир жолы болып есапланады. Бизиң бүгинги жумысымыз тек ғана товарлар ушын емес, ал Жерде тиришиликти сақлап қалыў бойынша билимлер, миннетлемелер ҳәм ҳәрекетлер ушын да заманагөй Жипек жолы болып табылады. Бул ушырасыў биз ушын турақлы раўажланыў жолын белгилеп алыў имканияты. Конвенцияны беккемлеў ҳәм көп тәреплемеликти қоллап-қуўатлаў ушын бирлесейик, сонда жабайы түрлердиң раўажланыўы, экосистемалардың раўажланыўы, келешек әўладларға жеткерип беретуғын мийрасымыз болса турақлылық ҳәм үмит болып табылады", - деди бас хаткер.

    CITES COP20ның рәсмий ашылыўы тәбиятты қорғаў бойынша халықаралық ҳәрекетлерди күшейтиўге қаратылған жалпы мәжилислер, Конвенция қосымшаларына киргизилип атырған өзгерислерди додалаўлар, тематикалық илажлар ҳәм жоқары дәрежедеги ушырасыўларды өз ишине алған 12 күнлик кең көлемли бағдарламаға старт берди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates