Мәжилис жуўмағында Бас конференция тәрепинен "Өзбекстан Республикасы халқына ҳәм ҳүкиметине миннетдаршылық билдириў" деген рәсмий ҳүжжет бир аўыздан қабыл етилди.
Онда Бас конференцияны шөлкемлестириў ҳәм өткериўге көрсеткен бийбаҳа жәрдеми, жоқары итибары ҳәм жеке қатнасы ушын Өзбекстан Республикасы Президентине терең миннетдаршылық, сондай-ақ, Өзбекстан халқына миймандослық ҳәм сессияны өткериўдеги жоқары басламасы ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирилген.
Қарарда әййемги цивилизация ҳәм бай мийрасқа ийе Өзбекстанның мәдений ғәзийнелери барлық қатнасыўшылар ушын илҳам дәреги болғаны, халықаралық аўызбиршилик, өз-ара түсинисиў ҳәм исенимди беккемлеўге салмақлы үлес қосқаны айрықша атап өтилген.
Қабыл етилген қарар ЮНЕСКО тарийхында бириншиси болып, Өзбекстанның Шөлкем идеяларын алға қойыў, мәдениятлараралық қарым-қатнасты раўажландырыў, пүткил дүньяда бирлик, кеңпейиллик ҳәм тынышлық принциплерин беккемлеўге қосып атырған әҳмийетли үлесиниң халықаралық тән алыныўы болып есапланады.
Онда 43-сессия баслығы Х.Талха шығып сөйлеп, сессияны Самарқандта өткериў басламасы ҳәм оны жоқары дәрежеде шөлкемлестиргени ушын Өзбекстан басшысына миннетдаршылық билдирди.
ЮНЕСКО Атқарыў кеңесиниң баслығы Вера Лакёй, Бас директордың биринши орынбасары Синь Цюй ҳәм басқа да жоқары мәртебели делегатлар Өзбекстан басшысына миймандослық ушын миннетдаршылық билдирип, Самарқандтағы сессияда болыў Өзбекстан ушын "тек ғана дипломатиялық емес, ал руўхый тәжирийбе" болғанын атап өтти.
Самарқандта болып өткен сессия ЮНЕСКО тарийхында жаңа бет ашқаны, ең илҳамлы ҳәм табыслы ушырасыўлардан бири сыпатында барлық ағза мәмлекетлердиң ядында қалатуғыны атап өтилди. Халықлар арасында ашық-айдынлық, исеним ҳәм өз-ара түсинисиўдиң тымсалына айланған "Самарқанд руўхы" буннан былай да ЮНЕСКО жумысына бағдар беретуғынына, оның гезектеги мәжилислери ҳәм басламаларында өз көринисин табатуғынына исеним билдирилди.