Форум қатнасыўшылары ЮНЕСКОның 43-Бас конференциясында усынылатуғын усыныслар ҳәм ҳәрекетлерге шақырыўды тастыйықлады. Project Café форматында климат ҳәм социаллық машқалаларды шешиў, билимлендириўди раўажландырыў ҳәм турақлы келешек идеяларын алға қойыўға қаратылған басламалар додаланды.
Форумның жуўмағы Өзбекстан Миллий симфониялық оркестри, сондай-ақ, белгили DJ Sabine ҳәм DJ Gallivanter диджейлериниң қатнасыўындағы жәмәәтлик шешимлер ҳәм жарқын концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.
Дөретиўшилик ҳәм халықаралық қарым-қатнас орталығы әнжуманның мәдений алмасыў ҳәм әўладлардың өз-ара бирге ислесиў майданы сыпатындағы әҳмийетин көрсетти.
Усындай кең көлемли халықаралық илаждың Самарқандта өткерилиўи қаланың жәҳән мәдений ҳәм илажлар туризми орайы сыпатындағы статусын беккемлейди. ЮНЕСКОның Жаслар форумы Өзбекстан жасларды, илим ҳәм көркем өнерди бирлестирип, бирге ислесиў ҳәм руўхланыў ушын жаңа имканиятлар ашып атырғанының және бир үлгиси болды.








