Бул ҳаққында пуқара дәрҳал Я.Ғуломов атындағы Самарқанд археология
институты қәнигелерине хабар берген.
Институт қәнигелери табылған орынды көзден өткерип, табылмаларды дәслепки
баҳалаўды әмелге асырды. Анықланған археологиялық затлар ҳәм адам сүйеклериниң
қалдықлары тийисли тәртипте рәсмийлестирилип, илимий үйрениў ушын тапсырылды.
Дәслепки бақлаўларға қарағанда, табылған бронза билезиклердиң
айырымларының ушлары конус тәризли ҳәм спираль тәризли нағысқа ийе. Олар
формасы ҳәм безеў өзгешеликлери бойынша бронза дәўириниң соңғы басқышында
жасаған шөл шарўашылық қәўимлери мәдениятына тән безеклерге уқсас.
Зарафшан
ойпатлығындағы бир қатар мәкан жайлар ҳәм қәбирстанлардан бронза дәўирине
тийисли ҳәм шөл шарўашылық халқының мәденияты менен байланыслы археологиялық
материаллар бурын да табылған. Бундай естеликлер әдетте бизиң эрамызға шекемги XIII–X
әсирлерге тийисли болып, Андронов-Тазабағяб мәдений шеңберине тийисли.
Соның менен бирге,
Дарвозагаз аўылынан табылған жаңа табылманың анық жасы ҳәм мәдений тийислилиги
елеге шекем анықланбаған. Бул мәселелер арнаўлы археологиялық қазыўлар,
антропологиялық изертлеўлер ҳәм металл буйымлардың лабораториялық анализи
нәтийжелери тийкарында анықластырылыўы режелестирилген.
Өзбекстан
Республикасы Мәдений мийрас агентлигиниң еслетип өтиўинше, жер қазыў ямаса
қурылыс жумыслары ўақтында әййемги буйымлар, қурылмалардың қалдықлары ямаса
адам сүйеклери табылған жағдайда, жумысларды жеделлик пенен тоқтатыў ҳәм бул
ҳаққында тийисли мәмлекетлик уйымлар ҳәм археолог қәнигелерге хабар бериў
зәрүр.
Бундай табылмаларға
өз ўақтында ҳәм жуўапкершилик пенен қараў мәдений мийрастың сақланыўына ҳәм оны
келешек әўладларға жеткериўге хызмет етеди.