Санкт-Петербургта миграция тараўында үш тәреплеме меморандумға қол қойылды

    Өзбекстан Миграция агентлигиниң Россиядағы ўәкилханасы Санкт-Петербург адвокатлар палатасы ҳәм "Санкт-Петербург" халықаралық адвокатлар коллегиясы менен шериклик меморандумларына қол қойды.

    Меморандум Қырғызстанның Санкт-Петербургтағы Бас консуллығы менен биргеликте дүзилди. Қоспа меморандум дүзиў басламасы Өзбекстан Бас консуллығы тәрепинен сырт ел пуқараларының ҳуқықый жағдайы ҳәм коммерциялық операцияларды жүргизиўге бағышланған халықаралық илимий-әмелий конференцияда шығып сөйлеген сөзинде алға қойылды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

    Бир жыл даўамында әмел ететуғын ҳүжжетлер Россия аймағында, биринши гезекте, Санкт-Петербург ҳәм Ленинград ўәлаятында мийнет етип атырған Өзбекстан Республикасы ҳәм Қырғызстан Республикасы пуқараларына қәнигели юридикалық жәрдем көрсетиў, ҳуқықый ағартыўшылық ҳәм ҳуқықларын қорғаў тараўында бирге ислесиўди раўажландырыўды нәзерде тутады.

    Санкт-Петербург адвокатлар палатасы ҳәм "Санкт-Петербург" халықаралық адвокатлар коллегиясы миграция, мийнет, ҳәкимшилик, пуқаралық ҳәм жынаят ҳуқықы тараўларында жумыс тәжирийбесине ийе болған ҳәм Өзбекстан ҳәм Қырғызстан пуқараларына юридикалық жәрдем көрсетиўге таяр екенлигин билдирген Санкт-Петербург адвокатлар жәмиетиниң ағзалары болған адвокатлардың реестрин жаратыў ҳәм жүргизиў басламасы менен шығады.

    Ҳүжжет шеңберинде Россия нызамшылығы мәселелери бойынша бирлемши бийпул юридикалық мәсләҳәтлер шөлкемлестириў, қәнигели юридикалық жәрдем көрсетиў, судлар, ҳуқық қорғаў, миграция ҳәм басқа да мәмлекетлик уйымларда мәплерди билдириў нәзерде тутылған. Буннан тысқары, тәреплер мийнеткеш-мигрантлардың ҳуқықларына байланыслы мәселелер бойынша бийпул лекция ҳәм семинарлар өткериў, мағлыўматнама, аналитикалық ҳәм методикалық материаллар алмасыўды режелестирген.

    Меморандумлар үш тийкарғы тәреп - Санкт-Петербург адвокатурасы, консуллық мәкемелери ҳәм ҳуқық тараўында муўапықластырыўшы сыпатында жумыс алып барып атырған Әдиллик министрлиги арасында исенимли көпир жаратады.

    Санкт-Петербург Адвокатлар палатасының президенти Вячеслав Тенишев бундай түрдеги үш тәреплеме меморандумлар Россияда биринши мәрте қол қойылып атырғанын ҳәм мәмлекетлер арасындағы қатнасықлардың беккемленип атырғанының белгиси екенин атап өтти.

    Санкт-Петербург халықаралық адвокатлар коллегиясының президенти Алексей Белкин Санкт-Петербург адвокатлары Өзбекстан ҳәм Қырғызстан пуқараларына маман жәрдем көрсетиў ушын жетерли тәжирийбе ҳәм ресурсларға ийе екенине исеним билдирди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates