Олий Мажлис Сенатында АҚШ делегациясы менен ушырасыў болып өтти

    Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Нарбаева «The Stirling Foundation» глобал қайырқомлық фондының басшысы Дэвид Беднар басшылығындағы АҚШ делегациясы менен ушырасыў өткерди.

    Ушырасыўда Өзбекстан менен АҚШ арасындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары бойынша пикир алысылды.

    Кейинги жылларда Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы стратегиялық бирге ислесиў сезилерли дәрежеде жеделлескени атап өтилди. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң АҚШ Президенти Дональд Трамп пенен усы жылдың ноябрь айында Ақ үйде болып өткен сөйлесиўлери, сөзсиз, еки тәреплеме байланыслар жаңа басқышқа көтерилгенин тастыйықлайды.

    Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан менен АҚШтың Юта штаты арасындағы экономикалық, билимлендириў ҳәм гуманитарлық байланыслар избе-из беккемленип атырғаны атап өтилди. Атап айтқанда, "Өзбекстан - Юта" басламасы шеңберинде әмелге асырылып атырған 64 биргеликтеги жойбардан 45 и табыслы жуўмақланды. Бул жойбарлар дипломатия, саўда, инвестиция, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм мәдений алмасыў сыяқлы тараўларды қамтып алған.

    Сөйлесиў даўамында санлы технологиялар, жасалма интеллект ҳәм IT-билимлендириў тараўларында бирге ислесиў мәселелери де додаланды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates