Сенатта «Better Cotton Initiative» делегациясы менен ушырасыў болып өтти

    Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Нарбаева Яннис Беллинсхаузен басшылығындағы «Better Cotton Initiative» (BCI) халықаралық шөлкеминиң делегациясы менен ушырасыў өткерди.

    Танзила Нарбаева илажды ашып берип, Өзбекстан BCI менен бирге ислесиўди, әсиресе, аўыл хожалығы турақлылығын арттырыў, мүнәсип мийнет принциплерин алға қойыў, пахта ҳәм тоқымашылық жеткерип бериў шынжырларында ашық-айдынлықты беккемлеў бағдарындағы жәрдемди жоқары қәдирлейтуғынын атап өтти.

    Атап өтилгениндей, пахта-тоқымашылық тармағы мәмлекетимиз экономикасының әҳмийетли тармақларынан бири болып, соңғы жылларда кең көлемли реформалар себепли түпкиликли өзгерислерди басынан өткерди. Бүгинги күнде Өзбекстан пахтасы ҳәм тоқымашылық өнимлериниң экспорт географиясы 80 нен аслам мәмлекетти қамтып алған.

    Экспортты және де кеңейтиў, инвестицияларды тартыў ҳәм ири халықаралық брендлердиң қатнасыўында екологиялық турақлылық, мүнәсип мийнет, халықаралық техникалық ҳәм өндирислик талапларға әмел етиў принциплерине тийкарланған стандартларды енгизиў айрықша әҳмийетке ийе.

    Ушырасыўда BCI стандартларын және де кеңнен қолланыў мәселелери додаланды. Атап айтқанда, BCI стандартларын миллий стандарт сыпатында қабыл етиў, бул бағдарда миллий аудиторларды таярлаў, киши ҳәм орта бизнес субъектлери ушын сертификатлаў қәрежетлерин азайтыў ҳәм сертификат бериў ушын баҳалаў мүддетлерин қысқартыў бойынша биргеликтеги жойбарды әмелге асырыў имканиятын көрип шығыўға келисип алынды.

    Өзбекстанның турақлы тоқымашылық бойынша халықаралық көргизбелер ҳәм форумлардағы қатнасыўын кеңейтиў, дүнья брендлери менен бирге ислесиўди раўажландырыў, сондай-ақ, олардың қатнасыўында Өзбекстанда халықаралық илажлар шөлкемлестириў бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары сыпатында белгиленди.

    Ушырасыў жуўмағында тәреплер бирге ислесиўди және де тереңлестириў ҳәм жаңа биргеликтеги басламаларды әмелге асырыўға таяр екенин билдирди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates