Сөйлесиўде Өзбекстан ҳәм ТүркПА арасындағы бирге ислесиўди, сондай-ақ, Түркий мәмлекетлер шөлкеми ҳәм түркий дүньяның басқа да қәнигелескен институтлары шеңбериндеги байланысларды буннан былай да кеңейтиў перспективалары додаланды.
Түркий тиллес халықлардың мәдений мийрасын қәстерлеп сақлаў ҳәм ғалаба ен жайдырыўға қаратылған ТҮРКСАЙ халықаралық шөлкеминде Өзбекстанның қатнасыўы бойынша пикир алысылды.
Ушырасыўда Өзбекстан парламент ағзаларының ТүркКПА шеңбериндеги нәтийжели жумысы айрықша атап өтилди. Олий Мажлис палаталарының делегациялары Ассамблеяның жалпы сессиялары, тараўлық комиссияларының мәжилислери ҳәм форумларында турақлы қатнаспақта.
Ушырасыў жуўмағында түркий тиллес мәмлекетлер парламентлери арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў, сондай-ақ, ТүркПА шеңберинде өткерилетуғын илажларда белсене қатнасыўға келисип алынды.








