Усы мәселе бойынша Олий Мажлис Сенатының қарарына муўапық, Акрам Шукуров судья лаўазымында болыў мүддетсиз мүддетке, сондай-ақ, бес жыллық мүддетке Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығының орынбасары - судлаў коллегиясының баслығы етип сайланды.
Сондай-ақ, Баҳодир Абдуллаев, Собиржон Эргашев, Бегзод Ҳайдаров, Нозимжон Жураев он жыллық мүддетке, Акмал Муродов ҳәм Одил Нормахматов мүддетсиз мүддетке Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судьясы лаўазымына сайланды.
Дилшод Ражабов, Камолиддин Толлибаев, Анвар Элмуродов, Элбекжон Турғунбоев басқа жумысқа өткенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының судьясы лаўазымынан азат етилди.