Халық ҳәм экономика объектлерин қыс мәўсиминде турақлы ҳәм үзликсиз ыссылық энергиясы менен тәмийинлеў мақсетинде пайтахтымызда бир ўақыттың өзинде ыссылық ҳәм электр энергиясын ислеп шығарыўды тәмийинлейтуғын бир қатар заманагөй когенерацион қурылмалар иске қосылмақта.
Усындай әҳмийетли жойбарлардан бири Юнусабад районындағы 4-санлы ыссылық орайы аймағында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында 100 мегаваттлы станцияның қурылысы болды.
Қытайдың CNTIC компаниясы менен биргеликте әмелге асырылған жойбар 3,5 гектар майданды ийелеген. Оны қаржыландырыў ушын 65 миллион доллар тиккелей сырт ел инвестициясы қаратылған.
Мәмлекетимиз басшысы орайдың жумысы менен танысты.
Когенерация станциясы Уллы Британияның Rolls-Royce компаниясының 70 дана газ-поршенли үскенеси менен тәмийинленген.
Қазанханалардан соңғы тутыныўшыларға шекемги болған ыссылық тәмийнаты инфраструктурасы реконструкцияланды. Ыссылық магистраллары жаңаланды. Тармақлар изоляцияланған қубырлар менен алмастырылған. Бул ҳәр қыйлы дәрежедеги энергия шығынларының алдын алыў имканиятын береди.
Станция иске түсирилиўи нәтийжесинде жылына 876 миллион киловатт саат электр ҳәм 858 мың гигакалория ыссылық энергиясы ислеп шығарылады. Соның менен бирге, 35 миллион куб метр тәбийғый газ үнемленеди.
Енди пайтахтымыздың Юнусабад, Алмазар, Шайхонтоҳур, Мырза Улығбек ҳәм Яккасарай районларында жайласқан 1 мың 846 объект турақлы ыссылық энергиясы менен тәмийинленеди. Соннан 1 мың 400 тутыныўшы турақ жайлар, қалған бөлеги социаллық тараў объектлери болып есапланады. Сондай-ақ, 292 мың шаңарақ турақлы электр энергиясы менен тәмийинленеди.
Жойбар иске қосылғаннан соң, ыссылық энергиясын ислеп шығарыў қәрежетлери 40-45 процентке азаяды. Атмосфераға шығып атырған патасландырыўшы затлардың муғдары сезилерли дәрежеде азаяды, ақаба суўларды утилизациялаўға зәрүрлик болмайды.
Президентимиз бул жерде қыс мәўсимине таярлық көриў, ыссылық орайларын раўажландырыў, Ташкент ыссылық электр станциясын модернизациялаў бойынша әмелге асырылған жумыслар, пайтахтымыздағы абаданластырыў хызметлерин жетилистириўге байланыслы усыныслар, аномал суўық болғанда жумысқа тартылатуғын күш ҳәм қураллардың бөлистирилиўи бойынша презентациялар менен танысты.
Пайтахтта 11 мың 630 көп қабатлы турақ жай болып, оларға 358 басқарыў сервис компаниясы хызмет көрсетпекте. Мәмлекетимиз басшысы олардың келеси мәўсимге қай дәрежеде таяр екенин сорады.
- Қала шараятында басқарыў сервис компанияларының жумысы халықтың күнделикли турмысы менен тиккелей байланыслы. Соның ушын олардың жумысы саат механизминдей анық ҳәм үзликсиз болыўы керек. Буның ушын зәрүр шараятлар жаратылмақта. Енди тараў хызметкерлериниң көзқарасы да, қатнаслары да өзгериўи талап етиледи. Тутыныўшылардың талабы менен танысыў, турақ жайлардың подвал ҳәм чердаклары, кириў жоллары ҳәм ойын майданшаларын тәртипке келтириў әҳмийетли, - деди Президент.
Сондай-ақ, энергетика, абаданластырыў, қурылыс ҳәм хызмет көрсетиў тараўларының жуўапкер басшыларына мәўсим даўамында системалы ҳәм муўапықластырылған жумысларды тәмийинлеў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.








