Орайлық Азиядағы сейсмикалық белсендиликти бақлап барыўшы Өзбекстан Айрықша жағдайлар министрлигиниң Сейсмопрогностикалық мониторинг орайының мағлыўматларына бола, жер силкиниўи Душанбе ўақты менен саат 02:14 те жүз берген. Жер силкиниўлериниң магнитудасы эпицентрде - Тәжикстан шығысындағы Таўлы Бадахшан автоном ўәлаяты аймағында 5,3 баллды қурады.

Ҳәзирги ўақытқа шекем жарақатланғанлар ҳәм ўайран болғанлар ҳаққында мағлыўмат берилмеген.