Reportтың Reuters агентлигине тийкарланып хабар бериўинше, ҳәдийсе Бангкок жанындағы Самут-Сакон провинциясында жүз берген. Кран жол өткелине қулап, еки автомобилди басып кетти.

Транспорт министри Пхипхат Ратчакитпракарн еки адамның қайтыс болғанын тастыйықлап, ўақыя орнындағы жағдай қәўипли болып турғанын атап өтти. Оның айтыўынша, үйиндилердиң астында адамлар болыўы мүмкин.

"Ҳәзирги ўақытта қайтадан қулаўы мүмкин ямаса мүмкин емеслигин айта алмаймыз", - деди министр салбырап турған полат конструкцияларға итибар берип. "Соның ушын ўақыя орнында қутқарыўшылар жоқ - ол жерде тек ғана қәўипсизлик дәрежесин баҳалаўшы топарлар жумыс ислемекте", - деп қосымша етти ол.

Буннан алдын Таиландтың арқа-шығысында жолаўшы поездының үстине қурылыс краны түсип кетиўи ақыбетинде 32 адам қайтыс болған еди.