Жергиликли ўақыт пенен 12:15 те усы самолёт Ташкент халықаралық аэропортына келип қонды.
"Дунё" мәлимлеме агентлигиниң хабаршылары келген пуқаралар менен сәўбетлесип, олардың АҚШқа барыў себеплери, сырт елде болыў шараятлары ҳәм Ўатанға келгеннен кейинги режелери ҳаққында мағлыўмат алды.
Қайтып келген пуқаралардан бири АҚШқа барыўдан тийкарғы мақсети жумысқа орналасыў болғанын мәлим етти.
"Америкада қалыўдан басқа мақсет ҳәм нийетим жоқ еди. Бирақ, ол жерде болған ўақытта үлкен қыйыншылықларға дус келдим. Мени үш ярым ай қамақта сақлады. Бул аўыр дәўир еди. Мен ҳеш кимге бундай етиўди кеңес етпеймен. Егер жумыс ислеўди қәлесеңиз, тек ғана нызамлы түрде ислең", - деп атап өтти ўатанласымыз.
Сондай-ақ, елимизге қайтыўда көрсетилген жәрдем ушын миннетдаршылық билдирди.
"Биз мәмлекетимиз басшысының жәрдеми ҳәм қоллап-қуўатлаўы менен қайтып келдик. Буның ушын биз миннетдармыз. Енди усы жерде, Өзбекстанда, ата-аналарымыз, шаңарағымыз, перзентлеримиз жанында мийнет етемиз", - деп қосымша етти ол.
Және бир қайтқан пуқара да сырт елдеги аўыр шараятлар ҳаққында айтып берди.
"Көп қыйыншылықлар болды. Усындай сынақлардан өтпесем, бундай рейс пенен қайтпас едим. Бул күнди жүдә узақ күттик. Америкадағы және көплеген Өзбекстан пуқаралары Ўатанға қайтыўды асығыслық пенен күтпекте", - деди ол ҳәм АҚШта нызамсыз жүрген пуқаралар үлкен машқалаларға дус келип атырғанын атап өтти.
"Ол жердеги жағдай оғада аўыр. Нызамсыз жолда жүргенлердиң ҳәммеси зорға күн кеширеди. Бундай шараятта ислеў дерлик имкансыз. Биз шаңарағымыз ушын азы-кем пул табыў мақсетинде кеттик, бирақ, тилекке қарсы, бундай жол жаман жуўмақланбақта", - деп атап өтти сәўбетлес.
Оның айтыўынша, АҚШта болған ўақтында ол сегиз компанияны өзгертиўге мәжбүр болған, бирақ олардың ҳеш биринде толық мийнет ҳақысын ала алмаған.
"Соңғы компания бираз жақсырақ еди, бирақ жасырын жумыс ислегеним ушын мени услап, ол жерден шығарып жиберди", - деп атап өтти ол.
Сондай-ақ, келген пуқаралар өз ўатанында жаңа турмыс баслаў, Өзбекстанда нызамлы тийкарда мийнет етиў нийетинде екенин атап өтти.