Қарарға муўапық, Ташкент қаласында «TоshTech» техника университети шөлкемлестириледи.

Университетке академиялық, финанслық ҳәм шөлкемлестириў-басқарыў тараўларында еркинлик бериледи.

2025/2026-оқыў жылынан баслап Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын бир жыллық таярлаў курсы енгизиледи.

2026/2027-оқыў жылынан баслап бакалавриат тәлим бағдарлары бойынша билимлендириў процеси енгизиледи.

2027-2028-оқыў жылынан баслап "магистратура" ҳәм "жоқары оқыў орнынан кейинги билимлендириў" басқышлары басқышпа-басқыш енгизиледи.

Университетте билимлендириў процеси мәмлекетлик грант ҳәм төлемли-контракт тийкарында, мәмлекетлик ҳәм шет тиллеринде әмелге асырылады.

2029/2030-оқыў жылына шекем оқыўға қабыл етилген студентлер толық мәмлекетлик грант тийкарында оқыйды.