Форум Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты тәрепинен Американың «Love Your Neighbor Community» (LYNC) мәмлекетлик емес шөлкеми менен биргеликте Дин ислери бойынша комитети, Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы, Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги ҳәм Самарқанд ўәлаяты ҳәкимлигиниң жәрдеминде шөлкемлестирилмекте.
Илаж 2022-жылы Ташкент, Самарқанд ҳәм Бухарада болып өткен, кейин ала БМШ Бас Ассамблеясы 76-сессиясының рәсмий ҳүжжети сыпатында тән алынған Бухара декларациясының қабыл етилиўи менен жуўмақланған форумның логикалық даўамы болады.
Бундай әнжуманлар 2016-жылдан берли Марокаш, Мекке, Жакарта, Потомак, Пунта-дель-Эсте сыяқлы қалаларда өткерилип, ағартыўшылық, диний еркинлик ҳәм кеңпейиллик мәденияты идеяларын алға қойыў ушын абырайлы халықаралық майдан сыпатында өзин көрсеткен. Форумлардың ҳәр бири усы атамадағы концептуаллық ҳүжжетлер - декларациялардың қабыл етилиўи менен жуўмақланады.
Форум Өзбекстанда биринши мәрте 2019-жылы Ташкент қаласында өткерилген ҳәм сол ўақыттан берли дүнья жәмийетшилигине өзбек халқының бай мәдений-тарийхый ҳәм диний-философиялық мийрасы, сондай-ақ, мәмлекеттиң жәмийетте конфессиялараралық татыўлық, диний кеңпейиллик, дослық ҳәм өз-ара түсинисиў орталығын тәмийинлеў бағдарындағы тәжирийбеси менен танысыў имканиятын беретуғын әҳмийетли халықаралық илаж статусына ийе болды.
Болажақ форумда АҚШ, Уллы Британия, Қытай, Саудия Арабстаны, Бирлескен Араб Әмирликлери, Индонезия, Орайлық Азия мәмлекетлери сыяқлы 15 мәмлекеттен 50 ге шамалас жетекши динтаныўшы, теолог, эксперт ҳәм жоқары лаўазымлы шахслар қатнасыўы күтилмекте.
Форум жуўмағында диний азшылықлардың ҳуқықларын қорғаў, диний белгиге бола кемситиўге жол қоймаў, зорлықлы экстремизмге қарсы гүресиў қуралы сыпатында диний ағартыўшылықты раўажландырыў, исеним еркинлигин инсанның универсал ҳуқықы сыпатында тастыйықлаў, диний ҳәм мәдений айырмашылықларына қарамастан, барлық инсанлардың тең ҳуқықлылығын хошаметлеўге шақырыўлар менен дүнья жәмийетшилигине жуўмақлаўшы Мүрәжат қабыл етиледи.
Улыўма алғанда, "Декларациялар қарым-қатнасы" II халықаралық форумының нәтийжелери глобаллық көп түрлилик шараятында халықлардың диний кеңпейиллиги, өз-ара ҳүрмет, кеңпейиллик ҳәм тыныш-татыў жасаўын беккемлеўге әҳмийетли үлес қосады.









