Ташкентте Орайлық Азия шарўашылығында қосымша қун шынжырын раўажландырыў мәселеси додаланды

    10 қазан 2025 391

    Бүгин пайтахтымызда "Орайлық Азия шарўашылығында қосымша қун шынжырлары: жағдай, қәўип-қәтерлер ҳәм сиясат" атамасында регионаллық техникалық семинар болып өтти.

    Илажда шарўашылық тараўында жумыс алып барып атырған мәмлекетлик мәкемелер, илимий шөлкемлер, жеке меншик сектор ҳәм халықаралық структуралардың 50 ден аслам ўәкиллери қатнасты.

    Семинар Юстус Либих университети жанындағы Халықаралық раўажланыў ҳәм қоршаған орталықты үйрениў орайы (ZEU) (Гиссен, Германия), БМШтың Өзбекстандағы Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеми (ФАО) ҳәм Климатқа шыдамлы аўыл хожалығы мәселелери бойынша Германия-Өзбекстан сөйлесиўи тәрепинен шөлкемлестирилди.

    Қатнасыўшылар Орайлық Азия мәмлекетлериниң шарўашылығында қосымша қун шынжырларын раўажландырыў, майда фермерлерди базарға интеграциялаў, азық-аўқат өнимлерин турақлы ислеп шығарыў, ҳайўанлардың кеселликлерине қарсы гүресиўде бирге ислесиў мәселелерин додалады.

    Ушырасыўда Өзбекстан Республикасы Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мәмлекетлик комитети жанындағы Шарўашылық ҳәм қусшылық илимий-изертлеў институтының директоры, доктор Азамжон Нурматов, Юстус Либих атындағы Гиссен университетиниң профессоры, доктор Мартин Петрик шығып сөйледи.

    Семинарда Германия ҳүкимети тәрепинен қаржыландырылып атырған "Trans-Livestock: Тәжикстан ҳәм Өзбекстанның трансшегаралық аймағында шарўашылықтың экономикалық интеграциясы" халықаралық изертлеў жойбарының нәтийжелери таныстырылды. 2022-2025-жылларда әмелге асырылатуғын жойбар шарўашылық тараўында трансшегаралық бирге ислесиў, шарўашылық өнимлери саўдасы, от-жем менен турақлы тәмийинлеў, жайлаўлардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм тараўды регион экономикасына интеграциялаўды үйрениўге қаратылған.

    Жойбар шериклери - Тәжикстан Аўыл хожалығы илимлери академиясы (Хоженд), Шарўашылық ҳәм қусшылық илимий-изертлеў институты (Өзбекстан), Аўыл хожалығында изертлеўлер ҳәм инновациялар орайы (CARIS, Самарқанд) ҳәм ФАОның Орайлық Азия бойынша субрегионаллық ўәкилханасы (Алматы, Қазақстан).

    Семинар қатнасыўшылары майда ҳәм ири шарўа жетистириўшилердиң орны, фермерлердиң мәплерин шынжырдың басқа қатнасыўшылары ҳәм мәмлекетлик структуралар менен бирлестириў механизмлери, мәмлекетлик хызметлердиң нәтийжелилигин арттырыў жоллары, сондай-ақ, Өзбекстанда келешекте фермерликти қәлиплестириўде базар ямаса мәмлекет жетекши роль атқарыўы керек екенлиги ҳаққындағы мәселени додалады.

    Жойбар басшысы, профессор Мартин Петриктиң сөзлерине бола, "Аўыл жасларының орны - олар өз келешегин қаншелли еркин қәлиплестириўи ҳәм бул ушын қандай ресурслар керек екенлиги ҳаққындағы додалаў айрықша қызығыўшылық оятты. Өзбекстандай жас мәмлекет ушын бул тийкарғы мәселелер.

    Қәнигелер, сондай-ақ, шарўашылық тараўында экономикалық бирге ислесиўди беккемлеў, "Бирден-бир саламатлық" көзқарасы шеңберинде пандемияға таярлықты арттырыў, илим ҳәм мәмлекетлик сиясат арасындағы байланысларды күшейтиў әҳмийетли екенин атап өтти.

    Семинар жуўмағында шарўашылықты турақлы раўажландырыў, регионаллық саўданы беккемлеў ҳәм Орайлық Азияда қоспа илимий басламаларды кеңейтиўге қаратылған сиясий усыныслар додаланды.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates