Сөйлесиўлерде қайта тиклениўши энергетика тараўындағы бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм перспективалары додаланды. Самал генерациясы ҳәм энергия сақлаў системаларын раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды.
Тәреплер бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, биргеликтеги басламалардың нәтийжели ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў, муўапықластырыў механизмлерин жетилистириў мәселелери бойынша пикир алысты.
Ушырасыў жуўмағында стратегиялық шерикликти беккемлеў ҳәм конструктивлик сөйлесиўди даўам еттириўге таярлық тастыйықланды.
Мағлыўмат ушын: Voltalia - қайта тиклениўши энергия дәреклери тараўындағы жойбарларды ислеп шығыў ҳәм басқарыўға қәнигелескен халықаралық француз компаниясы.