Ташкентте грек-рим гүреси бойынша Өзбекстан чемпионатының биринши күни жеңимпазлары анықланды

    Спорт 5 қараша 2025 583

    Пайтахтымыздың Олимпия қалашасында грек-рим гүреси бойынша Өзбекстан чемпионаты басланды. Жарыстың салтанатлы ашылыў мәресими Спорт министрлиги, Миллий олимпиада комитети ҳәм Өзбекстан спорт гүреслери ассоциациясының жуўапкер хызметкерлери қатнасыўында болып өтти ҳәм жарыс қатнасыўшыларына табыслар тиледи.

    Быйыл мәмлекетимиз бойлап 200 ге шамалас спортшы ең күшлилер атағы ушын гүреспекте. Жарыстың биринши күни 5 салмақ категориясында жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелери анықланды.

    Алтын медалларды қолға киргизген:

    Ихтиёр Ботиров (-55 кг),

    Исламжан Бахромов (63 кг ға шекем),

    Шаҳзод Қўчқоров (72 кг ға шекем),

    Азим Соатуллаев (-82 кг),

    Қадир Жалилов (92 кг ға шекем).

    Сыйлықлаў мәресиминде Миллий олимпиада комитетиниң басшылары сыйлы орынларға көтерилген спортшыларды қутлықлап, оларға халықаралық майданларда табыслар ҳәм жеңислер тиледи.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates