Ташкентте Германия медицина академиясы ашылды

    Билимлендириў 21 қазан 2025 561

    20-октябрь күни пайтахтымыздағы Әбиў Әлий ибн Сина атындағы 1-Республикалық жәмийетлик денсаўлықты сақлаў техникумында Германия медицина академиясының ашылыўы болып өтти.

    Жойбар Өзбекстан Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлиги, Денсаўлықты сақлаў, Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги, Германияның Ахен университети клиникасы ҳәм Швейцарияның «Globogate Concept AG» компаниясы менен биргеликте әмелге асырылмақта, деп хабар береди «Дунё» МА.

    Академия Германия билимлендириў стандартлары тийкарында шөлкемлестирилген болып, Германия денсаўлықты сақлаў системасы талапларына жуўап беретуғын маман мийирбийкелерди таярлаўға мөлшерленген. Питкериўшилер еки мәмлекет тәрепинен тән алынатуғын дипломға ийе болып, Германияда рәсмий жумыс ислеў имканиятына ийе болады.

    Алдын Германияға жумыс ислеў ушын кетип атырған ўатанласларымыздың бейимлесиўи ушын 8 айға шекем ўақыт талап етилетуғын еди. Енди болажақ қәнигелер Өзбекстанда кәсиплик ҳәм лингвистикалық таярлықтан өтеди. Немис тили оқытыўшылары Гёте институтының «Train the Trainer» бағдарламасы тийкарында оқыған болса, студентлер биринши курстан немис тилин тереңлестирилген тәризде үйренип, екинши курстан Ахен университетиниң бағдарламасы тийкарында пәнлерди өзлестирмекте.

    Ҳәзирги күнге шекем «Globogate Concept AG» компаниясы менен биргеликте 1200 ден аслам Өзбекстан пуқарасы оқытылды. Олардың 450 и Германияда жумыс ислемекте, 160 и виза алыў процесинде, жылдың ақырына шекем және 350 мийирбийке Ахен ҳәм «Asklepios» клиникаларында жумыс баслайды.

    "Германия медицина академиясы" жойбары турақлы ҳәм қәўипсиз мийнет миграциясының үлгиси болды. Германияда жумыс ислеп атырған өзбекстанлы қәнигелер жаңа технологиялар ҳәм заманагөй емлеў усылларын алып келиў арқалы миллий денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыўға үлес қосады.

    Мектеп Өзбекстан Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлиги системасында сырт елде жумыс ислеўди қәлеўши пуқараларды таярлаў мақсетинде шөлкемлестирилген. Оқыў имараты 320 орынға мөлшерленген болып, 350 орынлық жатақхана, заманагөй аудиториялар ҳәм тил лабораториялары менен тәмийинленген. Ноябрь айынан баслап бул жерде «Globogate Concept AG» компаниясы менен биргеликте Германияда жумыс ислеў ушын мийирбийкелер таярлаў бағдарламалары, сондай-ақ, «Onodera User Run» компаниясы жәрдеминде Японияда жумыс ислеў ушын қарыйдарларға хызмет көрсетиў курслары басланады.

    Жойбар шеңберинде ҳәр жылы 1,5 мыңға шамалас пуқараны халықаралық стандартлар тийкарында шет тиллери ҳәм кәсип-өнерге оқытыў режелестирилген.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates