Илаж Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының Исбилерменлик, бәсекини раўажландырыў ҳәм санаатты раўажландырыў мәселелери комитети, Қурылыс ҳәм турақ жай коммуналлық хожалығы министрлиги, Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги, Саўда-санаат палатасы ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң рәсмий қоллап-қуўатлаўы менен Iteca Exhibitions халықаралық көргизбе компаниясы тәрепинен ICA Eurasia Group бирге ислесиўшиси менен биргеликте шөлкемлестирилди.
Aquatherm Tashkent - Өзбекстандағы жалғыз қәнигелестирилген көргизбе болып, жылытыў, вентиляция, суў тәмийнаты, сантехника ҳәм энергия үнемлеўши технологиялар тараўындағы инженерлик шешимлердиң толық шеңберин көрсетеди.
Быйылғы көргизбеде Әзербайжан, Германия, Иран, Италия, Қазақстан, Қытай, Корея Республикасы, БАӘ, Польша, Россия, Түркия, Чехия ҳәм Өзбекстаннан 175 тен аслам компания ҳәм брендлер қатнаспақта. Түркия ҳәм Россия Федерациясынан, соның ишинде, Москва ўәлаяты, Калугу, Пермь ҳәм Ульяновск компанияларының жәмәәт болып қатнасыўы күтилмекте.
Қатнасыўшылар арасында дүньяның жетекши брендлери - Midea, Wilo, Haier, Bosch, Hisense HVAC, Kan Sp. z o.o., Wavin Pilsa ҳәм басқалар бар. 1-ҳәм 2-павильонларда суўды ысытыў, суў таярлаў, суўды суўытыў ҳәм тазалаў бойынша инновациялық шешимлер, сондай-ақ, қубырлар, арматура ҳәм ыссылық өткермейтуғын материаллардың кең түрлери көрсетилмекте.
Көргизбеге келиў ең соңғы технологиялық қолланбалар менен танысыў, экспертлердиң мәсләҳәтлерин алыў, шериклик байланысларын жолға қойыў ҳәм бизнестиң әҳмийетли ўазыйпаларын қысқа мүддетлерде шешиў имканиятын береди.
Шөлкемлестириўшилердиң атап өткениндей, Aquatherm Tashkent мәмлекеттиң инженерлик инфраструктурасын раўажландырыўда әҳмийетли роль атқармақта ҳәм заманагөй экологиялық стандартларға жуўап беретуғын алдынғы энергия үнемлеўши технологияларды алға қойыўға хызмет етпекте.









