Форумда санаат, аўыл хожалығы, фармацевтика, тоқымашылық, логистика, қурылыс, мәлимлеме технологиялары ҳәм туризм тараўларында жумыс алып барып атырған 300 ге шамалас исбилермен қатнасты.
Форумды Өзбекстан Саўда-санаат палатасы баслығының кеңесгөйи Алишер Шайхов, Саўда-санаат палатасының президенти Равалпинди Умар Шавкат ҳәм басқа да рәсмий шахслар қутлықлаў сөзлери менен ашты.
Еки тәреп ўәкиллери экономикалық байланысларды раўажландырыў, қоспа жойбарларды кеңейтиў ҳәм тиккелей бирге ислесиўди беккемлеў әҳмийетли екенин атап өтти. Өзбекстанның инвестициялық потенциалы, сырт ел инвесторлары ушын жаратылған шараятлар таныстырылды.
Форум шеңберинде В2В ҳәм В2G ушырасыўлары өткерилип, қоспа өндирис, саўда ҳәм инвестициялық жойбарлар бойынша келисимлерге ерисилди.
Форум жуўмағында төмендеги бирге ислесиў меморандумларына қол қойылды:
- Өзбекстан Саўда-санаат палатасы ҳәм Равалпинди Саўда-санаат палатасы арасында;
Равалпинди Саўда-санаат палатасы ҳәм Sky Electric арасында;
- Caraway Pharmaceuticals ҳәм Perfect Future Medicine арасында;
- Neutrics Global (Pvt) Ltd ҳәм ANT Group арасында;
- Pak World Trade & Expo Centre ҳәм BMCA арасында.
Бул ҳүжжетлер еки мәмлекет исбилермен топарлары арасында узақ мүддетли стратегиялық бирге ислесиўди орнатыў ҳәм экономикалық байланысларды және де кеңейтиўге қаратылған.











